ЕРКЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Ер жыныслы адам, киси.
... бизлердиң алдымыздан төрт еркек адам ушырасты,... (Қ.Айымбетов).
2. Күйеў, бай, жубай, қостар, жупты.
Еркеги ашыўланса ҳаялы басылады, ҳаялы ашыўланса еркеги басылады, — деген турмыстың бурыннан киятырған дәстүри ғой, — деп күлисти олар (Қ.Айымбетов).
3. Ҳайўанатлардың жанлы-жаныўарлардың ҳәм де жәнликлердиң туқым шашатуғын ер жыныслылары.... фермадағы барлық еркек қозылардан урғашы қозыларды өз алдына айырды,... (Ж.Сейтназаров).
Еркек гешир — геширдиң қатты болып тарамысқа айналған түри.
...атыздағы еркек геширлерди жулып тасладым, — деди кемпир (Қ.Аралбаев).
Еркек даўыслы — хаялдың даўысының еркек адамның даўысына усаўы, ири даўыслы хаял-қызлардың даўысы.
Еркек даўыслы, түр-түси суўық хаял (А.Бекимбетов).
Еркекке тайлас — хаялдың еркек адамға тең, барабар екенлиги, тай келиўи.
... Сәпиўранын еркекке тайлас мәртлиги Избанды бир қолы менен байлаған,... («ЕҚ» г).