ЕРКИН
Қарақалпақша
кел. 1. Өз бийлиги, өз ықтыяры өзинде, дарқандықта, бостандықта болыўы.
Оның үстинде қуслар еркин, қуўанышлы сарқып ушып жүр (Қ.Айымбетов).
Келе салып бес қасқыр, Еркин жүрип шалыпты («Қырқ қыз»).
2. Жәмийетлик (пукаралық) хуқықы бирдей.
Еркин сөйлеп, еркин жазыў дегенди, Көрип билип атырмыз ғой биз енди (И.Юсупов).
3. Тыйым салынбаған, тосқынсыз, иркинишсиз, дарқан.
Нөкиске тум-тустан келген қонақларға жаңадан салынып питкерилген «Ташкент» мийманханасының есиги еркин ашық («ЕҚ» г).
0 Еркин мийнет — жай-парахат жумыс ислэў, жайнап-жаснап жумыс қылыў.
Сүйемиз еркин мийнетти, Мийнетте бахыт мол бизде (Б.Қайыпназаров).
Еркин дәуран — жақсы турмыс кешириў, парахатшылықга жасаў, бостанлықга жасаў.
Қыз-жаўанлар еркин дәуран сүрмеди, Шағлап күлип, теңи менен жүрмеди (Бердақ).