ЕС II
Қарақалпақша
ес болыў ф. Алданшық болыў, бир-биреўге сүйеў болыў.
Жаратқанлар ес болды, Сеннен маған мал болмас («Қоблан»).
Несип айдап бизиң менен дус болдың, Себеп пенен бир биреўге ес болдық («Мәспатша»).
Бир кәмбағал жигит едим, өзиме ес болсын деп биреўдин қызын алып қашып, душпаным көбейип кетти (ққ.х.е.).