ЕСИТИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир тысқарыдан шыққан сести қабыллаў, сезиў, билиў, байқаў.
Бир дүбирди еситти, Қубла тәреп тусында («Қырқ қыз»).
... узақтан шыққан жигитлердиң даўысын еситти (Ө.Айжанов).
Сырттан аттың дүбири еситилди (К.Султанов).
2. Болып атырған, болған, болатуғын хәдийседен, ўақыядан хабардар болыў.
Қырқ қызын жаўға таярлап, Еситип едик жатыр деп («Қырқ қыз»).
Мениң еситиўим бойынша сизиң ертең Москваға жөнеп кетиўиңиз тийис қусайды (А.Бекимбетов).
0 Еситер қулақ, көрер көз — бир нәрсени ҳәм де ҳәдийсени еситиў хәм көз бенен көрип-билиў.
Енди мен еситер қулаққа, көрер көзге сөз болатуғын жасырын айна саклап жүретуғын хәлдың жолдасыман (Ө.Айжанов).
Тал-тал еситилиў — узақтағы шыққан даўыстың, сестиң әсте, емески келиўи.
Гейбир эскадронлардан ески казак жырларын жырлағанлардың сести узақтан тал-тал еситилди (Қ.Айымбетов).