⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЕСНЕЎ

Қарақалпақша

ф. Ерксиз түрде аўызды кернеп ашып, керилип дем алыў ҳәм дем шығарыў. Пирим мәдеткәр еди, Аспанға қарап еснеди, Гүлдир-гүлдир киснеди, Пирим деп Қоблан жылады («Қоблан»). Патша еснесе бул жерде апельсин жеп, Күйик нанға зар больш жүрген халқым (И.Юсупов). Ол керилип созылып өзине шынығыў жасап, аўызын ашып еснеп, хош ийисли азанғы хаўадан терең нәпес алды (А.Бекимбетов).