⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖАЛАҢ I

Қарақалпақша

кел. қарабасы, жалғыз. Саўашқа жалаң өзи ғана атланды. Жалаң аяқ — а) аяқ кийимсиз. Палўанлар гүреске жалаң аяқ шығады (ққ.х.е.). б) аўыс. гезенде, үйсиз-жайсыз, жалатай. Қызы ҳеш нәрсеси жоқ бир жалаң аяққа шығыпты (ққ.х.е.). Жалаң пут — дизкийимсиз, ыштансыз, жалаңаш. Жалаң қабат — астарсыз, астары жоқ.