ЖАРЫҚ I
Қарақалпақша
ат. 1. Көриў сезимине тәсир етип, қоршап турған дүньяны көриўге мүмкиншилик беретуғын нур энергиясы, сәўле.
Түн сүттей жарық, аспанда сийрек көк ала булт бар (К.Султанов).
2. аўыс. Бостанлық, азатлық, бахыт.
Ғәрезсизлик шарапаты менен пикирлер еркинлиги жарыққа шықты.
0 Жарық жүзли - кеўили ашық.
Жарыққа шығыў - а) баспасөз бетинде жәрияланыў.
б) аўыс. бостанлыққа, азатлыққа, еркинликке шығыў.
ф. 1. Қандай да бир нәрсениң жәрдеми менен айырыў, тилиў, кесиў.
Ийтти шошқа жарды.
Ғарбыз жарыў.
Тахтай жарыў.
2. Суў ағыўға бейимлестириў, қолайлы етиў, қазыў.
Елеследи көзиме қулын қурықжарлалым (Г.Есемуратов).
0 Даңқы жер жарды - атағы шықты, көпшиликке белгили болды.
Даўысы жер жарды - қатты бақырды.
Бирэўдиң жүрегин жарды - бирэўди оғада қорқытты.
Тис жарды - а) тис шықты, б) аўзынан шығарып айтып қойды.
Ийис мурынды жарды - мурынға ийис келди.
Көз жарды - жас босанды, туўды.