ЖӘРДЕМ ЕТИЎ
Қарақалпақша
көмеклесиў, жәрдемлесиў.
— Ақсақалдан қарыз сора, Бизлер жәрдем етемиз (Қ.Ирманов).
ҚУЛ ЕТИЎ бағындырыў, бойсындырыў, қол астында сақлаў, бенде етиў.
Қулласы кәлам, қул етип жумсайды (Қ.Ирманов).
КЕК ЕТИЎ дық сақлаў.
Сапардың кек еткен сөзине ол ашыўланыўшылық кейип көрсетти (К.Султанов).
ҮРДИС ЕТИЎ әдет қылыў, дәстүрге айландырыў.
Өзи қарақалпақ болса да хийўалыларша сөйлеўди өзине үрдис етип алған,... (С.Хожаниязов).
ПӘРУАЗ ЕТИЎ ҳаўада, аспанда ушыў.
Бир қара қус пәрўаз етип қыядан, Өмир қусын алды кетти уядан (А.Дабылов).
ТАЛУАС ЕТИЎ белсениў, таяр турыў, умтылыў, жеделлениў.
Мийнет десе талўас етип, Түлеп ушқан түлигиң бар (И.Юсупов).
ИНАМ ЕТИЎ бериў, усыныў, арнаў.
Гүмис, камар, кырмызыдан кийе бер, Инам еттик вагон толы тартыўды (К.Султанов).
ҲӘЗ ЕТИЎ рәҳөтлениў, ҳәзлениў.
Денеге дәрман бергендей ҳәз етеди (Ж.Аймурзаев).
ҚЫЯНЕТ ЕТИЎ жаманлық қылыў, қаслық ислеў.
Саған қыянет еткенге, Сыбаныўлы билегим бар (И.Юсупов).
ҒАЙРАТ ЕТИЎ күш салыў, күшлеў.
Ғайрат еткен жанажанлар, Алтын кәнин өндирип тур (Д.Қасымов).
СЫЛТАЎ ЕТИЎ дәлил қылыў, себеп қылыў.
Толып атырған жумысларды сылтаў етип, үйге кешигип келиўди шығардық (Ө.Хожанов).
САЙРАН ЕТИЎ ўақты хошлық етип жүриў, кеўилленип жүриў, шалқыў, сайранлаў.
Сайран етип жүрер едим бойында, Қалақ ойнап сүңгигеним ойымда (К.Султанов).
ХЫЗМЕТ ЕТИЎ мийнет, жумыс ислеў.
Хызмет еткен адамды ҳәмме ҳүрметлейди,... (А.Бекимбетов).
ЖӘРДЕМ ЕТИЎШИ жумыс ислеўши, атқарыўшы.
Басқа домкомлар, милицияға жәрдем етиўши жигитлер өз жөнине тарқасты (А.Бекимбетов).
ХЫЗМЕТ ЕТИЎШИ аткарыўшы, ислеўши.
Ал, сизиң менен мен болсам оларға хызмет етиўши, шын хүжданлы бийик ар-намыслымыз (А.Бекимбетов).