⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗАҢ

Қарақалпақша

ат. 1. Объективтик өмирдиң қандай да бир қубылысының белгили бағытта көринетўиниң өзара байланыслылығы, бир-бирине әсер етўи. Тилди және оның өсу заңларын тек жәмиет тарихы менен тығыз байланыслы түрде зерттегенде ғана түсинуге болады. 2. Мемлекеттиң ең жоғары үкимет органлары қабылдайтын айрықша заң, күшке ие болған акт, қаўли, қаўлылар. Орнатқан адамлар әдилдик заңын (С.Нурымбетов). 3. Ҳәммеге бирдей көрсетпе, талап, реже. Билмедим, бул ынабатсыз, сут не деген, Билмедим, бул қайсы заңға сыйады... (И.Юсупов). 4. Қалыптасқан белгили бир тәртип, жүйе. Түнги сағат 11 де жату, жату алдынан бир саат бурын таза ҳаўада жүру, суткасына 7—8 саат уйқылаў — әзирги дәўир адамлары үшин қалыптасқан заңға айналған тәртип. 5. Орындалўы шарт болған миндетти қағида, өзгертип болмайтын тәртип. Дүниеңниң заңы көңилге сирек қарам ас, Қайтадан өмир бастанары ығбал-бақыттан (Т.Жумамуратов). 6. Үрп-әдет, салт-сана, дәстүр. ... оларды адам қатарына санамаў, қорлаў сияқты шариаттың ширик заңына, пүткил Шығыс халқының әдетине қарсы болды (Н.Дәукераев).