ЗОР
Қарақалпақша
кел. 1. Айрықша, әжайып, үлкен, күшли, мыклы.
Искенлер, Шыңғыслар суўғарып атын, Әмир Темур курып зор салтанатын (И.
Юсупов).
Исбилермен болсаң, бахтың зор болар, Кулдай ислеп, бегдей кийинер болың (И.Юсупов).
Елдеги зор курылыс ислерин, Ҳүкимет саған тапсырар еди (И.Юсупов).
Сәл азырақ сабыр етиң, Бул жер еле зор болады (И.Юсупов).
2. аўыс. Болық, питик, өсик.
Көп егинлер наятый зор (Т.Қайыпбергенов).
Салкын ўақта барып турар, Пахтасы зор атызға (Б.Исмайлов).
0 Зор бахыт — үлкен бахыт, шадлы бахыт.
Өрлегениң алға силтеп қолыңды, Тарқатқаның зор бахыттың сырлары.
Зор бериў — күшлеў, күш салыў, күш бериў.
Шекпенге асылды Метер, Бий зор берди оннан бетер (Бердақ).
Зор берип ақыл күшине, Сабаққа салды ықдасты (Б.Қайыпназаров).
Зор мақсет — үлкен тилек.
Шайыр больш қолға қәлем алғалы, Бахыт пенен жүзим жарқын болғалы.
Сен қаққында жазсам деген бир қосық, Зор мақсетим изге ерип қалмады (Т.Сейтжанов).
Зор ийгилик — уллы мақсет, келешек иелер.
Шийрин қыял зор ийгилик туўралы, Тағы талай ой толқынын жеткерди (Т.Сейтжанов).