⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙЕК

Қарақалпақша

ат. Еки жақтың қосылысқан төменги бөлими, бастың аўыздан төменги бөлими. Кемсеңлетип ғаррылардын ийегин, «Посқан ел»ди толғап өткен Жийенин (И.Юсупов). Он қолы менен ийегин отыр еди таянып («Ер Зийўар»). Ийек қағыў — а) ымлаў, басын қыймылдатыў. Султан шаштәрез мақсымға ийек қақты, б) ҳәлсирэў, болдырыў. Ийек сүйеў — биреўдин жәрдемин күтиў, арқа сүйеў, исениў. Көңилден күсеген ләззет, мийнет кылмай табылар ма? Биреўге ийегин сүйеп аўқат көрип жарылар ма? Қулан ийек — таң ата, таң саз бергенде, аўыс. Ийек артыў — бирэўдин жәрдемин күтиў, басқаға исениў. Айдос ағасының бирликке көнбей, ханға ийек артқанына өкпели инилери усылай бийликке араласты (К.Султанов). Ол олигархларға бизиң, әсиресе, мен қусаған, пенсияға ийек тиреп турған кимселердиң бир тийинға кереги жоқ (М.Нызанов). Таң қулан ийек болып киятырған мәҳәлде олар Қыран таўыньщ басына өрмеледи (Т.Қайыпбергенов). Гүрегиниң сабына ийек тиреп турып сәлем берди (Т.Қайыпбергенов). Өсик сақаллы бетин бетиме басады, ийеклери дирилдеп, маңдайымнан қайта-қайта сүйеди (Т.Қайыпбергенов).