⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛИНИЎ

Қарақалпақша

ф. Усланыў, түсиў, тутылыў. Аға, аўға илингенин илингендей алып келип өзине тапсырып турдым, — деди күйинип сөйлеген Шерип (Қ.Ирманов). Айсыз қараңғы түнде далаға шығып баратырғанда қолына бир бел илинди (Қ.Айымбетов). Билесең бе, өрмекши суп-сулыў аў тоқып, оған бир шыбын-ширкей илинип қалыўын бир шетте турып гүзетеди (М.Нызанов). 0 Аўызға илиниў — танылыў, белгили болыў, даңқы шығыў. Ақжигит-аў, қаршадай шағыңнан көзге түсип, аўызға илине бермесең-о, баўырым (К.Султанов). Санға илинбеў — абырайлы болмаў, есапқа алынбаў, итибарға алынбаў. Масқарапаз ҳеш ўақытта илинбес санға, Ол ардана болсын Абдираманға (И.Юсупов). Көз илиниў — уйқылаў, азы-кем мүлгиў. Таң, саз берип киятырғанда ғана зорға көзи илинди (Қ.Ирманов). Әлленемирде көзим илинип, силем қатып қалыпты (М.Нызанов). Бир қылға илиниў, бир сабаққа илиниў — жүдә болдырыў, азып-тозыў, жасының ушына жетиў, қартайыў, өлим төсегинде жатыў. Түслери жүдеў, бәри де ҳарып болдырып, тек көкирегиндеги бир қылға илинип турғандай иленәзик жанлар! (К.Султанов). Ғарры бир сабаққа илинип жатар еди (М.Нызанов).