ф. 1. Бир жерден екинши жерге жетиў.
Ертеңине Сәлийма фермаға келип, бир-еки күн иследи,... (К.Султанов).
Мине, олар каналдың бойындағы жасқаға да келди (Ж.Аймурзаев).
2. Тысқарыдан бир хәдийсениң пайда болыўы.
Түслик тәрептен ебиндей есип турған күшсиз, жағымлы ыссы қаўаның леби келип тур (А.Бекимбетов).
Сен келип қайықты буўды (А.Беғимов).
3. Белгили бир жасқа толыўы, жетиўи, шығыўы.
Әўелги адамның үлкен баласы тоғыз жасқа келгенде, кенжеси жети жасқа, қыз да сегиз жасқа келгенде, екеўи де балаларын мектепке берипти (ққ.х.е.).
4. Бир нәрсениң жүриўи, ҳәрекет етиўи, қозғалысқа түсиўи.
Келеди, келеди поезд келеди, Келген сайын куўанышқа бөледи (И.Юсупов).
Машина келип электр лампасының астында тоқтады да, гудок берди (С.Хожаниязов).
5. Бирэўди шақырғанда ямаса шақырғанлықты билдириў ретинде қолланылады.
Ташкенттен келиўи менен алып кел (С.Хожаниязов).
— Мине, ҳәзир аўылға келиўден алдыңнан шығып күтип ал (Ж.Аймурзаев).
6. Әрманына, тилегине, нийетине, мақсетине жетиў, орынланыў.
Бирақ өлгимиз келмейди, жаўды жеңгимиз келеди (К.Султанов).
7. Мезгили, ўақты жетиўи, болатуғын күни болыўы, толыўы, күни жетиўи.
— Мине, қыс та келди (Қ.Айымбетов).
— Ана, самолёт та келип қалды (С.Хожаниязов).
8. Гәпте турып толық мәни бере алмайтуғын, басқа фейиллер менен дизбеклесип келип, көмекшилик хызметин атқарып та келеди.
Арзыў оннан сайын Лиза менен ойнағысы келеди (Ж.Аймурзаев).
9. Бир нәрсениң көлемин, муғдарын, шегин, өлшемин, санын билдирип те келеди.
10. Билиниў, сезилиў, белгили болыў.
Жол бойы тереклик, жаңа бөрте баслаған шақаларынан жағымлы ийислер келип, епкин шамал менен әсте ырғалған тереклер,... көринеди (С.Хожаниязов).
11. Сымбатлы, келискен, жарасқан, формалы, жарасығы келген.
Сержанның анасы Айгүл ақ кубадан келген, узын бойлы, жасы елиўдиң шамасындағы ҳаял еди (Т.Қайыпбергенов).
12. Қызығыўшылықты, усталықты, уқыплылықты билдиреди.
Қыз-келиншек гүл нағысқа, Шебер келер басқалардан (И.Юсупов).
13. Қәлеў, күсеў, аңсаў, тилекти билдириўдеги жағдайларда да қолланылады.
... жеген сайын жегиң келеди (Ж.Аймурзаев).
0 Бирликке келиў — жәмлесиўге, уйымласыўға келиў.
«Бирликке келиң, адамлар!» — деп есикти қағып тур (И.Юсупов).
Ақылына келиў — есине келиў, мийи орнына түсиў, еси ениў, адасқан ойынан дүзелиў, саррас жолға түсиў, дүзелиў.
— Ана, ақылыңа келдиң ҳаял, мениң де тилегим сол (С.Хожаниязов).
Дәўран келиў — бахытлы турмыста жасаў, жақсы турмыс кешириў.
Дәўран келди соннан бери, Тарқап кетти жүрек шери (Д.Қасымов).
Ызасы келиў — намысы келиў, қәҳәри келиў, ашыўы келиў, қыйналыў.
Ертеңине буған түлкиниң қатты ызасы келипти (ққ.х.е.).
Жуўмаққа келиў — шешимге келиў, ойға келиў, келисимге келиў, макулласыў.
Соң қандай жуўмаққа келгенин де айтпастан Жийемурат пенен Серкебайдикине келди (Т.Қайыпбергенов).
Мақтаншақ келиў — ҳәр түрли сөзлер менен өзин-өзи мақтаў.
— Әй Мәтеке, адам қартайса мақтаншақ келеди (К.Султанов).
Хабар келиў — басқа бир жерден мағлыўмат келиў.
Солардан «қара қағаз» еситтирген күннен-ақ оның үйине хабар келди (К.Султанов).
Ашыўы келиў — ашыўланыў, тулланыў.
Ол бундай сөзди тек ашыўы келгенде ғана айтатуғын еди (Ә.Шамуратов).
Өнер келиў — қолынан ҳәр нәрсе келиў, уқыплы, шебер уста.
Қолынан да түрли өнер келеди (Х.Турымбетов).
Мийман келиў — а) қонақ келиў, бирэўлердиң бир жерге қыдырып келиўи.
б) аўыс. Бир хәдийсениң, ўақыяның қайталаныўы.
Бәҳәр, бәҳәр, жан бәҳәр, Мийман болып келипсең (И.Юсупов).
Жәрдемге келиў — көмеклесиў, жәрдемлесиў.
Қала орайындағы мектептеги оқыўшылар жәрдемге келетуғын болды (Ө.Хожанов).
Қыстың қатты келиўи — қыстың қолайсыз келиўи, қыстың зимистан суўық болыўы.
Сол жылы қыс қатты келди (К.Султанов).
Келип шығыў — пайда болыў, бинә болыў, жарыққа шығыў, туўылыў.
Ҳәзирги қарақалпақ, қазақ, ноғайлардың тили бурынғы қыпшақлардың тилинен келип шыққан.
Келип-кетиў — бирэўдиң биреўге қатнаўы.
Еситемен десең усы жигиттиң келген жолы менен қалай болмасын келип-кетиўинди тоқтаўсыз күтемен (ққ.х.е.).
Келе сала — келиўиңен, тоқтаўсыз, бирден.
Келе сала жол қәрежетти алыў ушын арза берди (Қ.Айымбетов).
Үнсиз келиў — сөйлемей келе бериў, үндемеў, тил қатпаў, сес шығармаў.
Олар тәўир-ақ жерге шекем үнсиз келе берди (Т.Қайыпбергенов).
Қарағың келиў — бир нәрсеге сүйсинип қараў.
Қараған сайын қарағың келеди (Ж.Аймурзаев).
Жасырғысы келиў — қымтастырыў, буйынтықлаў.
Бирақ қуўанышын усы сапары да жасырғысы келип еди,... (Т.Қайыпбергенов).
Үзликсиз келиў — ҳәмме ўақытта келиў, бәрҳама келиў, бәрқулла келиў.
... хат үзликсиз келип турды (К.Султанов).
Қәлипке келиў — бурынғы ҳалына келиў, қәддине келиў, қәлпине түсиў.
... қайтадан қәдимги қәлипке келди (Т.Қайыпбергенов).
Мийрими келиў — аяў, қыйналыў, бүйири бурыў, жаны ашыў.
Оны аяды, мийрими келди (Қ.Ирманов).
Орта белине келиў — жартысына, ярымына келиў.
Хаттың орта белине келгенде оның өңи ағарды,... (К.Султанов).
Өсип жетисип келиў — раўажланыў, байыў, көбейиў, өсиў.
... әдебиятта жас жазыўшылар өсип жетисип келди ҳәм жетисти (Қ.Ирманов).
Усынып келиў — пикир етиў, көрсетиў, силтеў.
... базы бир көрсетилгенлерге сүйенип пикирлер усынып келди (Қ.Айымбетов).
Исенимге келиў — бир нәрсеге инаныў, турыў.
Усыған қарап,... өзи тақыйық айтқан екен деген исенимге келди ҳәм әсте-ақырын изине ере берди (Т.Қайыпбергенов).
Қолынан келиў — искер, жумысқа шеберлиги, усталығы.
Қолынан келген, қонышынан басады (ққ.х.н.м.).
Шебер келиў — ыңғайлы, ийкемли, қолайлы, уқыплы болыў.
Шәпик қоллар шебер келер (ққ.поэз.ант.).
Жегиси келиў — қәлеў, күсеў, аңсаў, ынтығы қурыў.
... алманы жегиси келип Сәрсен сораўға тартынып отыр («Жеткиншек» г).
Ойнағысы келиў — кеўил көтериўге нийетлениў.
Сапар оннан сайын Жумагүл менен ойнағысы келди (К.Султанов).
Бел буўарға келиў — ҳәўижлене өсиў.
Жағымлы ийис келиў — хош ийис шығыў.
... дөгеректен жағымлы ийислер келе баслады (Ө.Айжанов).
Ақ қубадан келген — ажары ақ болған.
Бет-аўзы кир, шашы өскен, үрпек, көзлери шүңирек, исик қабақ, қойыў қара қаслы, мурнының бети батықлаў, ақ қубадан келген, гүлше жүзли бир бала басын көтерди (Т.Қайыпбергенов).
Дүньяға келиў — пайда болыў, жаратылыў, жарыққа шығыў, бинә болыў.
Сақыйлықтан аты шыққан, Әбдикәрим бай деген дүньяға келди («Мәспатша»), аўыс. Дүньяға келиў — туўылыў.
Жуўмаққа келиў — бир шешимге келиў, нәтийжеге келиў.
... олар бул мәселе қаққында бир жуўмаққа да келди (Қ.Айымбетов).