КЕЛИСТИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир мәмилеге келтириў, жарастырыў, маўасаластырыў, татыўластырыў, досластырыў.
... булар арасындағы даў-жәнжелди келистириўди мақул деп тапты (А.Бекимбетов).
2. Бежериў, қатырыў, баплаў, сазлаў.
Төсинен пышақты салды, Келистирип қақ жарды («Мәспатша»).
0 Келистирип сөйлеў — сөзди жүйесине келтирип айтыў, қатырып айтыў.
Бул сораўларға белгисиз жигит жуўқылдап сөйлеп, өтирик сөзлерди түйдеклеп келистирип сөйлеп жуўап берип отырды (Қ.Айымбетов).
Исти келистириў — бир жумысты бежериў, орынлаў, орнына келтириў.
Келер ме екен бизге Мурат, Келистирип исти курап (Бердақ).
Келистирип урыў — сабаў, сазлаў.
Мен молланың жумалықсыз барған балаларды уратуғынын есиме түсирип мени де бул сапары келистирип урады деп ойладым (Ә.Шамуратов).