⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕМ

Қарақалпақша

р. 1. Аз, көп емес, толық емес. ... нәтийжеде аванстан кем алды,... (Г.Есемуратов). Жағаласып келгенде, Батырдан күшиң кем емес («Қырқ қыз»). 2. Жаман, нашар, сапасы төмен. ... ешектиң күтиминиң бираз кем болғаны белгили болды (Қ.Айымбетов). Қатарыңнан кем болмай ай, Ашылғай балам, гүл бахтың-ай (ққ.х.қ.). 0 Кемли күн — аз күн, шамалы күн, ўақытша. Қарашаш алғаны менен кемли күн ашықлық дәўран етти («Мәспатша»), Билмейди ашшы-мазасын, Кемли күн тартпай сазасын (Әжинияз). Иштейи кем — иштейсиз, иштейи жоқ, мейилсоқ, қуштарсыз, мейилсиз, қумарсыз, кеўилсиз. Иштейи кем, сөйлемейтуғын, менменсиўден де журдай (Т.Қайыпбергенов). Кем-кем — әсте-ақырын, жай. Ғарры кем-кем жеделленип сөйледи (К.Султанов). Кемде-кем — сийрек, аз. Кем ийек. Атағы шыққан арыўлар, Кемпир болар кем ийек, Дәўраны өтип қалған соң (К.Мәмбетов). Кем-кемнен — әсте-ақырын, жай. Жаңа уясынан шыққан ай кем-кемнен жоқары көтерилип, жарықтылығы артып баратырғандай (А.Бекимбетов).