⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕСЕЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Аўырыў, наўқас, бийтап, кәсте, сырқас, сырқаў. Қолдан келсе кеселин жазып, сениң абырайынды көтеремен апа, — дейди жигит (ққ.х.е.). Елде жүрген есерлер бар, Аўырып жатырған кеселлер бар (Бердақ). 2. аўыс. Дәрт, қырсық, кесир, муң, әрман, уўайым-қайғы. Көп күн болды бир кеселге шатылдым, Қорлық пенен өтер болды өмирим («Қырқ қыз»). Жаслықтағы кесел жеңип, жортқанда-ақ жазылады (К.Султанов). 0 Қояншық кесел — аўзынан көбик ағып, талып қалатуғын аўырыў, талма аўырыў. Оған не болғанын, қандай кесел менен аўырғанын, я жинли болғанын, я қояншык кесел екенин хеш ким билмейди (А.Бекимбетов). Кесел болыў — аўырыўға бийтаплыққа ушыраў. Қызының хеш кимге айтпай кашып кеткенине әке-шешеси кесел болды (ққ.х.е.). Соннан соң оған кайтып оралмай, биротала умытыўға тырыскан едим, бүгинлиги ол және, әлле бир шала операциядан соң жарадардың денесинде қалып қойған кесел микробының қайта асқынғаны секилли және мазамды қашыра баслады (Т.Қайыпбергенов).