КЕСТЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Пахта жибинен, ҳәм де жипектен салынған, тоқылған, қолдан иеленген, ойылған ҳәр түрли гүл нағыслары.
Қарындасым бир күни, Көрсетти бир кестени, Жатсам-турсам күн-түни, Кесте естен кетпеди (Б.Халмуратов).
Кесте тиксең де дәслеп ийнени қолыңа суғып аласаң,... (К.Султанов).
2. Бир нәрсе жөнинде графаға (кестеге) түсирип жазылған мағлыўмат.
Сабақ кестеси, нәўбетшилик кестеси.
0 Көбейтиў кестеси — жүзге шекемги санлардың көбейтилиўин көрсететуғын тайын таблиңа.
Айгүл дәптериниң қабындағы көбейтиў кестени қайшы менен қыйып алып, китаптың ишине салып қойды («Жеткиншек» г.).