⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕШКЕ

Қарақалпақша

р. Кеште, кешқурын, кешке таман. ... бүгин кешке жарма-жаўғанларынды ишип болыўдан бийдай ораққа барасыз (Ө.Хожаниязов). Соның өзи саған ўақытхошлық, сол саған той- мереке, кешке үйге келесең (Т.Нәжимов). Қыдырып барамыз кешке, Буны ойға алың қызлар (Омар). 0 Кешке қарай — кешке таман, кешқурақым. Кешке қарай қар адам көтеретуғын болды (А.Әлиев). Кешке жақын — кешке таман, кешқурақым. Кешке жақын ҳаўа ашылып кетти (Т.Қайыпбергенов). Кешке дейин — кешке шекем, шейин. Ол кешке дейин аўзынан үзликсиз кебик шашты,... (А.Бекимбетов). Кешке шекем — азаннан кешке дейин. ... азаннан кешке шекем тек ғана 2—3 литр сүт береди, — деген еди,... (Ж.Сейтназаров).