⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИНДИК

Қарақалпақша

ат. анат. 1. Балалардың хәм де жанлыжаныўарлардың туўылғаннан кейин ишек-найды кесип таслаў нәтийжесинде қарынның ортасында пайда болған кишкене шуқыр жер, кесилген киндиктиң орны, қарынның орта бөлеги. 0 Киндиғине жетпеў — бойы пәс, келте. Киндигине жетпес алған қатыны, Ләузелердиң ләузелери бар екен (Омар). 2. Кустың асқазанының бөлеги. 3. аўыс. 0 Киндик әке, киндик шеше — жаңа туўылған баланың киндигин кескен киси, булар, көбинесе, ҳаял-қызлардан болады. Биреўи киндик шешемен, Биреўи өзим кесемен (Бердақ). Киндиктен қан тамған жер — туўылган жер, өскен жер. Киндик қаны тамған Әмиўдиң бойы, Бойында топланған колхоздың тойы (Ә.Шамуратов). Маған туўысқан ҳәр шыбыгың хәм бүртиклериң, Сениң астың — киндигимнен қан тамған жерим (И.Юсупов). Киндик жип ат. диал.с. — қара үйде қазыққа белдеўден байланып, жерге қағылатуғын жип.