⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир жерге барыў, келиў. Аллаберген мени ертип үйге кирди (Ж.Аймурзаев). Сол ўақытта қабыл етиў кабинетинде отырған Айзада кирип келди (Т.Нәжимов). 2. Белгили бир жерге, орынға, жумысқа, оқыў орынларына орналасыў. ... усы алдымыздағы жазда институттың өзине кирип оқыйман (Т.Нәжимов). 3. Синиў, суғылыў, батыў. ... 0 Қумға кириў — батыў, синиў. Ҳәр басқанда аяқлар, Дизден қумға киреди (Т.Әбдираман). Зил кириў — аўырлық басыў, суўыкдық кириў. Тамырына зил кирген он алты улын, Өлтирмей оқытып шығарған тилин (А.Дабылов). Тикен кириў — суғылыў. Ҳәтте, табанына тикен киргенинеде қайылшылығы жоқ (Ө.Хожаниязов). Шырай кириў — көркемлениў, шырайланыў. Бурынғы қуў далаларға шырай кирди (Қ.Айымбетов). Есине кириў — ойына түсиў, ойына келиў. Басқа сөз есиме кирип, орынсыз күле де бериппен (Ө.Айжанов). Еси кириў — есейиў, ақылланыў, ақылына келиў. Әллен ўақытлар өткеннен кейин еси кирген (Ж.Аймурзаев). Қурға кириў — көпшиликтиң жыйналған жерине барыў, араласыў. ... кеңсе алдындағы топар-топар қурға кирдик (Ө.Хожаниязов).