КИСЕН
Қарақалпақша
ат. 1. Хайўанлардың алдынғы аяқларына салынатуғын темир тусаў.
Табжылтпастан Шубарды төрт аяғын топлап, жуп кисенди бирден урды («Алпамыс»).
2. Бурынлары патша түрмесиндеги тутқынлардың аяқ-қолына салынатуғын темир түсаў.
Аяқ-қолға кисен, ғаз мойынға буғаў салынады (Н.Бөрекешов).
3. аўыс. Бәнт етиў, тас етиў, тусаў.
— Алты үй толған өли мал, хинжи менен гәўҳар бар, Патшалық хатқа салынды, Ғәзийнеге кисен урылды («Қоблан»).
4. аўыс. Қапалық, мусаллат, уўайым, иркиниш, кесент, қәпес, дуўшар.
Олар сениң өмириңе, Болып аўыр мусаллат, Сени қайғы кисенинде, Аяусыздан қысажақ (Ш.Мөмбетмуратов).