⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИСИДЕЙ

Қарақалпақша

кел. Адамдай, адам сыяқды, адамға усаған. Қолын жалап, бир нәрсе айтқысы келген кисидей тумсығын созады (Ө.Айжанов). 0 Кекли кисидей — ашыўы бардай адам. Сәуле бойын тиклеп кекли кисидей көкирегин керип сөйледи (С.Хожаниязов). Жин урған кисидей — жинли адамдай, жинли сыяқлы. Бир мәхәлде молла өзинен-өзи жин урған кисидей бурынғысынан да бетер даўысын қаттырақ шығарды,... (Ә.Шамуратов). Сезикли кисидей — гүналы адамдай. Кроватьтың үстинде шалкасына жатырған Әмет сезикли кисидей ҳаўлығып кетти (Т.Қайыпбергенов).