КҮЙЕ I
Қарақалпақша
ат. 1. Отын шала жанғандағы қара дақ, күйик.
... шала жанып күйе болған ағашларды өз алдына жыйнады (ққ.х.е.).
2. Оттың жанған жалынынан пайда болған басқа бир нәрсеге жуқкан қара дақ.
Шалбарыңыз күйе болған ба? — деди Рәўшан астарлы сөйлегендей (Ж.Аймурзаев).
Оны ҳаял деп алғаным жоқ, сениң ақ саўсағын күйеге былғанып, қараймасын деп алдым (К.Султанов).
3. аўыс. Айып, гүна, жала, ғәремет.
Неке қыйып мен апанды алғандай, Қолды байлап күйе жақтың бетиме («Қырқ қыз»).
Айта берсин.
Мениң әкем Байқошқар бийдин бир гилем ушын өлип кеткенин еситкен, енди соны бетиме күйе кылып жақпақшы (Т.Қайыпбергенов).
0 Күйе жағыў — гөн.
с. бурынлары отырыспаларда, куда шақырыспаларда кудалардан кәде алыў ушын қыз-келиншеклер жыйналысып келип, күйени ямаса күлди майға былған бетлерине жағатуғын қәдениң бир түри.
... қудаларға күйе жағыў да басланды (ққ.поэз.ант.).