⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮЛ II

Қарақалпақша

ф. 1. Адамның кеўилинин көтериңки болыўы, шадланыў, қуўаныў. Сен күл, бизлер хошеметин жеткеремиз,.. (Ө.Айжанов). О Ашшы күлки — өткир нәзер, басқаша қарас. «Енди алдым» десем, қадалар көзиме, Усы бир мырс еткен ашшы күлкиси (И.Юсупов). Күлип-ойнаў — кеўилли болыў, шадланыў. Күлип-ойнап түсиме бир ен, Тойып-тойып қарайын, ярым (И.Юсупов). Күндей күлиў — жайнап-жаснаў, жасарыў, рәҳәтлениў. Кел, кел, күндей күлген, ай жүзлим, мениң, Кең далада жүрип сыр айтысайық! (И.Юсупов). Күлки болыў — масқара болыў, мазақ болыў, уятқа қалыў. Қаларман ба усы жерде, Елге күлки болған басым (Бердақ). Күлки етиў — маскара етиў, мазақ қылыў, кемситиў, менсинбеў, көзге илмеў. Малы жоқты еттиң өсек, Күлки қылдың бизди, дәўран (Бердақ). Күлки болыў — Сөзге қалыў, өсек болыў. Сайып-сайып сыртынан, Күлме адамның артынан. (И.Юсупов). Журт күлер, журт күлип жүрер — сақланыў ушын айтылады, адамлар алдында күлкиге қаламан деп ойлаў, гәп-сөз, өсектен. Ашайын, қолымды жибер, Қолтықламай-ақ қой, журт күлип жүрер, (И.Юсупов).