КҮЛКИ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамның қуўаныў, шадланыў ўақытындағы шығаратуғын даўыс, сес.
Қосымбай дәрҳал күлкисин тыйып, иренжиген киси қусап моллаға бурылды (К.Султанов).
Ерксиз тартар кеўлинди, жигитлер, қызлар күлкиси (Б.Қайыпназаров).
2. Мазақ, мысқыл.
Мен турман зар менен зарлар айтып, Душпанға күлки, досқа ҳәсирет молайтып (Омар).
3. Ҳәзил, ойын-дәлкек.
Жеңге, тағы түсип қалма, Деген күлки сеслер шықты (Ш.Артық).
0 Ашшы күлки — ҳақыйқатлықларды күлки арқалы билдириў, сынға алып күлиў.
Ашшы күлки менен журтын жубатып, Шымбай жақта өткен Өмирбек лакқы (И.Юсупов).
Басқыласпа күлки — бир-биреўди сынға алып, кемшиликлерин таўып айтып күлисиў.
Басқыласпа күлки үсти — үстине, Кетти шағлап патефонның сести де (И.Юсупов).
Заўықлы күлки — шадлы, йошлы, кеўилли күлки.
Заўықлы күлки кеўилди ашып, тазартып, ... (И.Юсупов).
Елге күлки болыў — көпшиликке, адамларға масқара болыў, мазақ болыў.
Қартайғанда елге күлки болмайын, өзим теңи кемпир-семпир болса қарастырағо... (М.Нызанов).
Жат күлки — өзге, басқа биреўдиң күлкиси.
Бир гезде қағаздан көтерип басын, Бир жат күлки менен сыйпады шашын (И.Юсупов).
Күлки болыў — мазақ болыў, масқара болыў, әўере болыў.... көп жерде сыры ашылып халыққа күлки болып жерлери де болды (Қ.Айымбетов).
Күлки-келеке — мазақ, масқара.
Деп болыслар ғарқылдасып күлисти, Жарлыларды етип күлки-келеке (Ж.Аймурзаев).
Күлки етиў — масқара етиў, мазақ етиў.
Өзиңди өзиң еттиң күлки, ҳәммелерге бердиң белги (Әтеш).
Күлки ойнаў — шадланыў, мәс болыў, қуўаныў.
Буннан соң Айымжамал жүрегин басып хат оқып атыр еди, үлбиреген еринлеринде күлки ойнады (Ө.Хожаниязов).
Күлкиге батыў — көп күлкиге ушыраў, жайнап-жаснап отырыў, дуўшар болыў, жолығыў.
Күлкиге батырып тасладың-аў, пай, Анаң пақыр сени көп еркелетти ... (И.Юсупов).
Күлкиге айналдырыў — дәлкек етиў, ойынға алыў, мазақлаў.
Усындай аппараттың жоқлығы Сапарға қолайлы емес, оның Оралды жақсы көретуғыны ырас, бирақ оның айтқанына Орал исене ме, қайта күлкиге ойландырады (М.Әбдирейимов).
Күлки туўдырыў — күлкини келтирип шығарыў, күлкини пайда етиў, жүзеге шығарыў.
... тийисинше алып жүре алмайтуғын адамлардың үстинен күлки туўдырды (Г.Есемуратов).
Күлки дөретиў — пайда етиў, болдырыў.
Тосыннан тапқан мимикасы ҳәммеге унап қалды да кеўилли күлки дөретти (Ж.Сапаров).
Күлкиге қалдырыў — уятлы етиў, қысындырыў.
Усы бала мени шала қуўырдақ қылып күлкиге қалдырып өлтиретуғын болды-аў! (Ә.Атажанов).
Күлки қысыў — қатты күлкиси келиў.
Қасымды күлки қысып қулағына шекем қып-қызыл болып кетти (Ә.Атажанов).
Күлки-сықаққа ушыраў — масқара болыў, мазаққа ушыраў.
Балалар тәрепинен күлки- сықаққа ушырағанын жаңа ғана сезди кемпир.
Күлкиси қозыў — күлкиси келиў, күшейиў, зорайыў, улғайыў, илгерилеў.
Мақсеттиң де күлкиси қозып кетти (Ә.Тәжимуратов).
Қыран күлки — көпшиликтиң қатты созып күлиўи, ўа-ҳа-ҳасы, улы- шуў-күлки.
Иштеги қыран күлки сыртқа занқ-занқ еситилип тур (Ә.Атажанов).
Ойын-күлки — шадланыў, кеўиллениў, заўықтаныў.
Кеўилде кек лаплап жанды шаладай, Ойын-күлки жетим қалған баладай,... ( И.Юсупов).
Рәҳәтли күлки — жағымлы күлки, жанға азар бермейтуғын күлки.
Бул олар ушын жүдә рәҳәтли күлки болды, себеби, Маман бий олардың бир-бирине айта алмай иште бүклеп жүргенлерин айтты (Т.Қайыпбергенов).