КҮНЛИК II
Қарақалпақша
кел. Күнделик, ҳәр күнги, күндеги өлшем.
Балларымның ырысқалына кес кылма, Есапласақ жети күнлик егис бар («Мәспатша»).
Бир күнлик жол таласы, Қалмақтың мәнзил ханасы, ... («Қырқ қыз»).
0 Күнлик өлшем — бир күнде исленетуғын жумыстың муғдары, шамасы, мөлшери.
Күнлик ис — ҳәр күни туракды исленетуғын жумыслар, иелер.
— Бул илаж бир күнлик иелер емес, — дейди университет руўхыйлық ҳәм тәлим-тәрбия бөлиминиң баслығы ... («Қарақалпақ университети» г.).
Күнлик режим — бир күнде исленетуғын жумыстың тәртиби, избе-излиги.
Спорт, жумыс күнлик режим, Тәртип пенен қайта дүзилди,... (М.Нызанов).
Күнлик мүддет — бир күнде исленетуғын жумыстың муғдары, шамасы, мөлшери.
Бул жоба ушын комиссия оларға 5—6 күнлик мүддет белгиледи (А.Султанов).
Жети күнлик — бир ҳәптелик.
Бухараға туўра кетемиз, Жети күнлик жолдан соң ғана, Иркилемиз тыныс алмаға (Ж.Избасқанов).
Нешше күнлик — бир нешше күн бойы, көп күнлик.
Буның ушын Қаратаўдың үсти менен нешше күнлик жолды басып өтиў керек (А.Султанов).
Он бес күнлик — бир айдың тең жартысы, ярымы.
Бригада ағзаларына агитатор... он бес күнлик ис хақысын берип кетти (Ә.Тәжимуратов).
Бес күнлик жуўмақ — хәр бес күннен шығын туратуғын жуўмақ, нәтийже.
Бүгин бес күнликтиң жуўмағы шығады (Ә.Тәжимуратов).
Бес күнлик жарыс — хәр бес күн аралығындағы қызғын хәрекет, жарысып ислеў.
Оннан кейин жаңа бес күнлик жарыс қызады (Ә.Тәжимуратов).
Күнлик ис хақы — бир күнде ислеген жумыстың хақысы, төлеми.
Бес күнлик дүнья — өмир, бул дүнья, тиришилик, жасаў.
Бес күнлик дүньяға кутлы қонақсаң, Сезерсең енеден қайта туўғандай (И.Юсупов).
Беш күнлик дүньяға ақыр изинде, Жамалың бир саат мийман көринди (Бердақ).
Күнлик жерде — а) жақын жерде, аяқ астында.
Күнлик жерде сен билмейтуғын жер де жоқ, тесик те жоқ, өжетлене бермей аралап көрип шық, — деди бригадир Әўезмуратқа (Ә.Тәжимуратов).
б) узаққа, алыста, жырақта.