⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КҮТИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қараў, баплаў, бағыў, өсириў, тәрбиялаў, әлпешлеў, сейислеў. Ала тайды отлатып, Жақсы күтип «бақ» деди (И.Юсупов).... қыйыншылықты басынан кеширди, балаларын да күтти (Қ.Айымбетов). 2. Ҳүрметлеў, иззетлеў, сыйлаў. Барған қонақларды қарсы алып қондырып, жақсылап күтеди (ққ.х.е.). Қонақларын сыйлап күтип, қоңсыларын бийзар етип (Әтеш). Ўәзир төрги жайға алып барады, қыз бенен жигитти жақсылап күтеди (ққ.х.е.). 3. Иркилиў, гидириў, еглениў. Кейиндеги жолдасын күтип дем алып отырады (Б.Бекниязова). Рахметов Төрткүлге қайтыўышын самолёт күтти (Қ.Айымбетов). 4. Бир нәрсениң, ўақыяның, хәрекеттиң, истиң, әнгимениң аяқланыўына қараў, тосыў. Министрге сөз бергенде, ҳәмме оған дыққат бөлип не айтар екен деп оның аўзына қарап күтип отырды (Ә.Тәжимуратов). 5. Тилек, нийет, әрман, күсеў, аңсаў. Шөллер күтер ырғалыўын дәнлердиң, Сибирь күтер ийесин көп кәнлердиң (И.Юсупов). 6. аўыс. Сораў, тилеў. ... ол да бизлерден көмек күтиўде еди (Қ.Айымбетов). 7. аўыс. Қонақ ретинде хүрмет көрсетип дастурхан жайып сыйлаў. Кейинги ярым айлықтан шеттен жүз сомнан жыйнап алды. — Бул не? — Тексериўди күтиўге кетти (М.Нызанов). 0 Алда күтиў — келешекте, алдағы ўақытлары. Жаўлап алмақшыман пүткил дүньяны, Алда күтер бизди тахты Сүләйман... (И.Юсупов). Ақырын күтиў — изи, соңы не болатуғынын билиўге умтылыў, бақлаў. Азабы бәри сол еди, Ис ақырын күткен екен (Бердақ). Жуўап күтиў — жуўап, нәтийжесин күтиў. «Шежиренди айт, аға» деп сорайық, «Ата, сизден жуўап күтер сораўлар» (И.Юсупов). Маман гөпиниң усы бөлегине жуўап күтти (Т.Қайыпбергенов). Жыллы жүз бенен күтиў — кеўилли, йошлы жақсы күтип алыў. Ферманың бригадири Халмурат аға оқыўшыларды жыллы жүз бенен күтип алды (Ө.Хожаниязов). Изин күтиў — ақыры, соң не болатуғынын билиўге умтылыў, бақлаў. Бундайда жөнсиз жалына бергеннен, изин күткен абзал (М.Нызанов). Ол сөйлеп болғанша бөлмей тыңлап Мурат шайық және изин күтти (Т.Қайыпбергенов). Қушақ ашып күтиў — жыллы жүзлилик, ҳүрмет көрсетиў, асығыслы күтиў. Қорғанға бир шақырым жерден елиниң Мурат шайық басшылығындағы бийлерин Маман қушақ ашып күтип алды (Т.Қайыпбергенов). Мәдет күтиў — жәрдемге үмит етиў, дәме етиў. Енди ҳәлден тайып, жигери қайнап, Теңиз тәңирисинен мәдет күткендей (И.Юсупов). Нәўбет күтиў — гезеклесиў, ретлесиў. Еки бойы нәўбет күткен, Сығасқан көп қайық еди (К.Султанов). Лекин, мениң илҳамым сизин нәубетиңизди күтип турмайды-дә! (М.Нызанов). Нәтийже күтиў — ақырын, соңын бақлаў, күтиў. Өз кеўлинен шығатуғын нәтийже күтип, жүдә бийғамлықта кесесин асықпай үплеп, чай ишип отыр (Т.Қайыпбергенов). Сарсылып күтиў — узақ ўақыт күтиў. ... Дүйшен турыпты, сарсылып күткеним мениң. — Аўа, соның дәл өзи! Не болғанымды билмей қалыппан ... (Ш.Айтматов). Үмит күтиў — үмитлендириў, исендириў. Үлкен үмит күттире келгенлердин бири И.Юсупов дәслепки гүрриңлерин усы жыллары жазды (Г.Есемуратов). — Биз сизден үлкен үмит күтип едик, неге үндемейсиз? (М.Нызанов). Тик турып күтиў — шын кеўли менен күтиў, ҳүрметлеў, иззетлеў, сыйлаў. — Хош келипсиз, Абдусайд араб бий, — деди қонақларды тик турып күтип алған Қулшы бий (К.Кәримов). Пайыт күтиў — ўақытның келиўин бақлаў, күтиў. Бир әжайып пайытты күтип турғандай, Зийрек парасатлы бир гөззал кеўил ... (И.Юсупов). Гезек күтиў — нәубетлесиў, гезеклесиў. О фиңерден кейин мен қосық айтыўға гезек күтип отырдым, — деди Шамиль («Жеткиншек» г.). Ынтығып күтиў — асығып, тақатсызланып күтиў. Адам қызық нәрсени ынтығып күтеди-ғо, лекин буның айтатуғын қызығы қәўетерли (М.Нызанов). Күтип алыў — а) алдына шығыў, ҳүрметлеў. Ҳәзир аўылға келиўден алдынан шығып, күтип ал (Ж.Аймурзаев). Бул сапары оны Мурат шайықтың үлкен улы Хелўет күтип алды (Т.Қайыпбергенов). б) қарсы алыў, қарсыласыў. Қуўған жаўды күтип алып, Қайта саўаш курды тағы (И.Юсупов). в) байрамды, сәнени, белгили мерекени қарсы алдыў күтиў. Арадан үш ай өтти. Жаңа жылды жалғыз күтип алдым (М.Нызанов). Күте баслаў — а) тәрбиялай баслаў, тәрбиялаўға кирисиў. Орынгүл сыйырды жақсылап күте баслады (Ж.Сейтназаров). б) асыға баслаў, шыдамсызлана баслаў. Келген көпшилик жыйналыстың тезирек басланыўын асығыслық пенен күте баслады (Ж.Сейтназаров). Күте-күте — иркилиў, қалыў, бир неше ўақыт күтиў. Байғус күте-күте шаршағанды-да. — Аға, берман бурыл. Күттиң бе узақ? (И.Юсупов). Күтиў залы — аэропорт, вокзал басқа да үлкен мәкемелерде транспортларды, адамларды күтип отырыў орны, хана, бөлме. Күтиў залында адам көп еди. Ҳеш бир бос орынлық жоқ (М.Нызанов). Күтпеген жерден — ойламағанда, бирден, аяқ астынан, тосаттан. Күтпеген жерден бир адам шыға кетти, ... (ққ.х.е.). Күткен жерден шығыў — ойдағыдай болыў, ойлаған жерден шығыў. Алтын гүздиң гөззаллығынан салыкешлердиң жыл даўамындағы ислеген әжайып мийнетлери күткен жерден шықты, ... (Ж.Қоразалиев). Күтип отырыў — иркиле отырыў, қарағышлаў. Бул оның хаялының сести еди. Демек, ол түни менен уйқыламай, буны күтип отырған екен-дә (А.Султанов). Күте турыў — азмаз гидириў, еглениў, иркилиў. Усы кәрада азмаз күте турың (Т.Қайыпбергенов). Күтип турыў — азмаз тоқтап турыў, иркилип турыў, кетип қалмаў. Күтип турмыз. Саат алтыға он минут қалды. Қызлар биринен кейин бири шыға баслады (М.Нызанов). Қаланың үстине шығып, Күтип турды Ерназар бий ... (Бердақ). Күтип услаў — таза услаў, қәдирлеў, гөне етпеў. Оқыў куралларыңызды күтип услаўыңыз керек, — деди муғаллим оқыўшыларға («Жеткиншек» г.).