КӘНИЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Қул, күң.
... қалмақтың кәнизи тандырға нан жаўып атырғанын көреди («Мәспатша»).
Кәниз томар алады, қапқа салады («Қоблан»).
2. Хызметши ҳаял, хызметши адам.
Сегиз күн дегенде қырқ түйеге толтырып дүньясын артады, қырқ кәнизин кейнине ертеди (ққ.х.е.).
Бағқа сейил етерсең, кырқ кәниздиң қасында (ққ.х.е.).