КӘР
Қарақалпақша
ат. 1. Ис, жумыс, талап, ўазыйпа, хызмет.
— Не кәр етесиз? — деди ҳаялға (Т.Қайыпбергенов).
Кимниң баласының, я инисиниң, болмаса сүйиклисиниң қай жерде не кәр ислеп атырғанын бес бармағымдай билип алдым (Ө.Хожаниязов).
2. Кәсип, өнер.
Не қылып турсаң, не кәриң бар адамсаң? — деп сорайды (ққ.х.е.).
Гүлден гүлге қоныў бүлбүлдиң кәри, Бийопалық деген нәпси базары (И.Юсупов).
3. аўыс. Тәсир етпеў, бийпәрўалық, ойланбаў.
Айтқан гәпке кәриң келмес, Адамсаң ба парқын билмес (Әтеш).
Қәмекбайдың кәрине де келген жоқ (Ж.Аймурзаев).
Сөйтип киятырсам, Әмет әкесиниң кеткенин пүткиллей кәрине де келтирген жоқ ғой (Т.Қайыпбергенов).
0 Кәр етпеў а) ойланбаў, тәсир етпеў.
Кәр етпеди бир-бирине, Таўдай болып урады («Мәспатша»).
б) әдетленбеў, үрдис етпеў.
Қанжар тутып қанхорлыққы кәр етпе, Есинди жый, ерме достым Әметке (И.Юсупов).
Кәр етиў — бир нәрсе менен машкул болыў, әдетлениў.
Қуйрықлары дигершик, Қошқар урыстырыўды, Өмиринше кәр еткен («Ер Зийўар»).
Арғымақ шаўып көрмеген, Ҳәр нәрсени кәр етеди (К.Султанов).
Кәр емес — бир нәрсе менен шуғылланбаўшылық, таныс емес, әдетленбеген, ислеп көрмеген.
Сол нәмәрттиң көрсең оған кәр емес (Әжинияз).
Ата кәри — ата-бабасынан бери киятырған кәсип.
... мен мал бақпайман, Қурысын мениң ата кәрим (А.Дабылов).
Кәсип-кәр — бир нәрсе менен шуғылланыў, ислеў, талап етиў, хызмет қылыў.
Балаларымның несийбесин қыйдың, кәсип-кәримнен айырдың, залым (К.Султанов).
Пуллы болса кәсип-кәриң, Ҳәмме сениң достың-ярың (Әжинияз).
Кәр болмаў — кәсип болмаў, талап болмаў.
Жақсы жигит пейли оның тар болмас, Ар болар да, жаман иелер кәр болмас (Бердақ).
Кәрин билмеў — жумысын, хызметин, исин билмеў, талабын билмеў.
— Кәрин билмеймен, жақыннан берли астына ат минип, аўыл арасын күнде бир неше мәртебе айланып, үйме-үй кирип жүретуғын еди (Т.Қайыпбергенов).
Кәрине келмеди — бийпәрўалық қылды, ойланбады.... жаңалық ашатуғындай аўзыма үңилип отыр, «баслықтың баяғы турысы ғо, кәрине де келмеген» десем, меннен жаман адам жоқ (М.Нызанов).