⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨЛЕҢКЕ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсениң саясы. Бир бала далада көлеңкесин табанлап көрип, үш табан зәңгилик болыпты, тарқасайық, — деди (Қ.Айымбетов). 2. Күн көзинен паналап отыратуғын саяман. Бағдың қалың көлеңкесине төселген гилемниң үстинде отырып чай ишти (Ж.Аймурзаев). 3. Биреўдин қараўында, панасында көринбей калыў. Сарайда болған ушырасыўларда Гладышев бәрхама Маманның көлеңкесинде қалатуғын еди, келеси күни Маман оның ийнинде капитанлық белги көрип қолларын қатты қысып қойды (Т.Қайыпбергенов). аўыс. 0 Көлеңкесинен қорқыў — болар-болмас нәрселерден қоркыў, қәўетерлениў, бийшаралық ҳал. Өзи көлеңкесинен қорқып, шыпта, бойра сатып күн көрген мийнеткеш дийканларды куртыўға ҳәрекет етти (Қ.Ирманов). Көлеңкеде қалыў — сезилмей, сыр ашылмай, сөз етилмей, бастырылып калыў. Негизги мәселе көлеңкеде қалып қояды (Г.Есемуратов). Көлеңке аўыспаў — паналайтуғын орын болмаў. Күнша ыссы болса да, дорба асынған жалаңаяқларға көлеңке аўыспайды (Т.Қайыпбергенов).