⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир орыннан екинши орынға қоныс басыў ушын барлық дүнья-мүлкин күш көлигине тийеп, малын алдына салып көшип киятырған халықтың дизбеги, кәрўаны. Көшкен көшке ере алмай, жолда қалды биразы (Жийен жыраў). Көрсе де азап пақырлар, Көштен қалмай ереди («Қырқ қыз»). Үш мезгил жол жүрип Баршын қыздың көши аўылдың қарасын көрди («Алпамыс»). Көш артында асық ойнап жасымда, Тарийхтан сәл кешеўиллеп қалыппан (И.Юсупов). 2. аўыс. Дәўир, заман, ўақыт өтиў мәнисинде. Кәрўан көшер, дүнья өтер, Бенде нешик илаж етер? (Бердақ). ♦ Көше-көштен әрман қалмаў — бир жерден екинши жерге бир неше рет көше бериў, көп көшип қоныў. Көше-көштен әрман қалмады, Көрпе арқалап белде дәрман қалмады гәл-гел-әй... (ққ.х.қ.). Көштиң изине ериў — көш пенен бирге кетиў, изине ериў. Ызық-ызық болып көштиң изине ерди (Ж.Аймурзаев).