⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КӨШКИ

Қарақалпақша

ат. 1. Қайықларды, кемелерди, пароходларды суўда иркиў ушын таслап қойылатуғын үш тисли темир. Суўсыз балықшының иси патырат, Кемеси көшкисиз кетип қалғандай (И.Юсупов). 2. Дем алыў ушын ийеленген бийик орын, сарай. Баяғы келген жерине келип жоқары көшкиден көзин айырмай қарап тура береди (ққ.х.е.). Қасына қызларды ертип ҳәр күни сайранлап, өзиниң бағында жоқарыда тикленип қойылған көшкисине шығып, әтирапқа көз таслайды (ққ.х.е.). 3. Тас, топырақ, қар ҳәм т.б. таўдан көшип, ўырап түсетуғын уйымы.КӨШПЕ ат. Бир орыннан екинши орынға ығытуғын, жылысатуғын, ысырылатуғын нәрсе, қум, муз, ишиндеги әр түрли шөплер, томарлар, қопа. Томар ма, көшпе ме, әйтеўир бир нәрсе албаслыдай жабысып жаздырар емес (К.Султанов). 0 Көшпе қум — бир жерден екинши жерге самалдың есўи менен ушып, жылысып шоқалақ-шоқалақ болып жылжыйтуғын қум, шеге. ...бизлердин алдымыздан көшпе қумлар да ушырасты (Қ.Аралбаев).