МАЙЫРЫЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Майып болыў, бир мүшесинен айырылыў, қара жумысқа жарамсыз болып қалыў, мертилиў.
Небир ғана жүйриклер, Туяғынан майырылды («Қырқ қыз»).
Ол да бир аяғынан майырылып қайтты, қолында балдағы бар (Ө.Хожаниязов).
Еки ерди өлтирип, Мәнисине келтирип, Қос туяқтан майырылып, Достым мийриң қанды ма? (Бердақ).
2. Жаман жағдайда қалыў, бахытсызлыққа ушыраў.
Кимсе гедей болды, малдан айырылды, Кимсе қарап болып, жаннан айырылды, Кимселердиң қол аяғы майырылды, Басына қыямет түсти яранлар (Әжинияз).