МАЯК
Қарақалпақша
ат. 1. Теңиз ҳәм көл атлықларда кеме-пароходтарға жол көрсетиў ушын ушына шыра қондырып қоятын белги, от, жарық, дүмпешик, бийиклик.
Алысларда маяк отлары, Шағалалар ушқан жағыстан (Ш.Мәмбетмуратов).
2. аўыс. Тирек, таяныш.
Қарсы жаўды қыйратып, Дүньяға маяк боламыз (Т.Сейтжанов).
3. аўыс. Үлги орай.
Азатлық маяги, Даңқым Мәскәу! — Жаса, Сени сүйди, халқым Мәскәу! (Ж.Аймурзаев).