МЕЙИЛ
Қарақалпақша
ат. 1. Ыңғай, ерк, бағыт.
Бул ўақытта таң атыўға мейил берип, күншығардың жулдызлары серпиле баслаған еди (Т.Қайыпбергенов).
2. Шама, бағдар, көринис.
Әкем илләдеп аўзын ашқан жоқ, тек ийеги кемсеңдеп жыламсыраўға мейил берди (Ө.Хожаниязов).
3. Ықлас, кеўли.
Мейил алмаў — қәлемеў, қабылламаў.
Мейил алмаған кеўилди азғырыўға, бузыўға, умтылып, қашанға шекем жүрер екенсең (Ә.Шамуратов).