МӘДАРЫМ
Қарақалпақша
ат. 1. Күш-қуўатым, айбатым, саўлатым, ғайратым, даңқым.
Болмады елге қәдирим, Белимнен кетти мәдарым (Сарыбай шайыр).
Кимлер тыңлар мениң муңлы бул зарым, Жалғыздан айырылып кетти мәдарым («Алпамыс»).
2. Шыдамым, тақатым.
Сарғыш енипти деп айттың жүзиме, Айтқаның дурыс кемейип тур мәдарым (А.Дабылов).