⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

МӘДАТКӘР

Қарақалпақша

ат. Сүйениш, күш, қуўат, тирек, арқа сүйер, жәрдемши. Дос-досқа мәдаткәр ҳәм де ақыл-ес, Жанын аямайды ҳақыйқат дослар! (И.Юсупов). Бул алақындай қағаз болса да бизге мәдаткәр улым (Ө.Хожаниязов). 0 Мәдаткәр болыў — күш бериўши, сүйеўши. Ўәлий болған ишер ҳимай, Мәдаткәр болған бир қудай («Алпамыс»). Мәдаткәр болмаў — жәрдем етпеў, сүйемеў. Дүнья рәҳәтин көрмедим, Шалқып шад болып жүрмедим, Қыз бенен ойнап күлмедим, Маған мәдаткәр болмады (Бердақ).