ОЙ I
Қарақалпақша
ат. Пикир, түсиник, қыял, уғым, яд.
Қолыңды бер де берман жүр.
Ойыңа алма қарам пикир (Бердақ).
Собырайған сопақ бойы бар, ойлаған бузық ойы бар (Әтеш).
Сағынып еслейсең сол дослығыңды, Айралық ақшамын алып ойыңа (И.Юсупов).
Кеўлин ашсын, келсин деп шақырған мен, умытпайман орның бар, барсаң ойда (Әжинияз).
Ойлары қарам олардың! (М.Нызанов).
Ойлары бөлинип кеткен ахун, әтирапқа көз жиберип, қарап алды (Ш.Уснатдинов).
«Әне, енди курбанлыққа сойылған сары аттың руўхы өз денесин қайтадан таўып алады», деген ой нәресте кеўлине тәселле бергендей болды (К.Кәримов).
Жумыс ислеп, өлгейлиден шаршаса да, еркинлик ҳаққындағы ойлар Аллаярға ҳасла тыным бермеди (А.Султанов).
Ишки ой — ишки сезим, ишки пикир.
Мен баланың ишки ойына дәрҳал түсинип, ғыппа усладым (А.Бекимбетов).
Ой-пикир — қыял.
Ой-пикирлери әсте-әсте тынықпаса баслады (К.Кәримов).
Ой салыў — идея бериў, жаңа пикир билдириў; Ой тоқталыў — ойдың бир жерге келиўи, иркилиўи.
Жүрек сырын, жүрек айтсын ойланып, Питимине бир тоқталар ой барып (Т.Сейтжанов).
Ой жетпеў — билмеў, көз жетпеў.
Оның не қала екенин ямаса қайсы жақта болатуғынына мениң ойым жетпеди (Ж.Аймурзаев).
Ой бермеў — ақыллы болмаў, ойлай алмаў.
Бой берсе де, ой бермеген (И.Қурбанбаев).
Ойға батты (шүмди) — жүдә ойланып қалды.
Ой-қыялы — еси-дәрти, бар ықласы.
Ойынан шығыў — ойлағаны дурыс болыў, айтканы дурыс келип шығыў.
Сен бәримиздиң ойымыздан шықтың, «қудайым бахтың жатпасын деп» — ғаўырласты (Қ.Ирманов).
Ой-сезим — қыял ҳәм сезим.
Ой-сезимниң ийримине дус келип, Егитилип турман мине мен (Т.Мәтмуратов).
Ойда жоқ жерден — аяқастынан, күтилмеген жерден, тосыннан.
Жаман ой — жаман нийетли, жамандық.
Собырайған сопақ бойы бар, Ойлаған жаман ойы бар (Әд.хрес.).