⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЙЫН

Қарақалпақша

ат. 1. Кеўил көтериў ушын ҳәрекет, ис, ермек. Өзиндей балалар менен ойын-заўық өткергениң жақсы емес пе (Т.Қайыпбергенов). Бала ойынын бузғанына өкпели пишинде тур еди (К.Султанов). ... бүғин өзиниң мәңғилик мәканына жөнеп баратырған Ережеп ағабий еле он жасқа тола қоймаған ойын баласы еди. (К.Кәримов). 2. Қызық ойын, тамаша. Бул ойыннан соң гүрес болатуғын болды (Ә.Шамуратов). 3. Аяқ ойын, сазға қосып аяқ ойын ойнаў. Русша ойын ойнап берди (Т.Қайыпбергенов). 4. Ҳәзил, дәлкек, деғишпе. Ойын сөзге ашыўланба, қостарым, Қыя-шөлде шейит етпе кисинди («Қырқ қыз»). 5. Жарыс, бәйғи. Ылақ ойында буның ҳеш қәтелиги жоқ еди (М.Нызанов). Демек, «Шәменай» ҳәзирше ойыннан шығып турады. Изге қайтайық. (М.Нызанов). Ойын-жырғалақ — ойын-заўық, ойын-тамаша.