ОКЕАН
Қарақалпақша
(грек, океанос — жерди айланып ағатуғын әзим дәрья < Океанос — грек мифологиясында: суў апаты қудайы атамасы).
ат. Жер жүзиндеги барлық материк ҳәм атаўларды қоршап турған, олардың арасын тутастырыўшы үлкен суў бөлеги ҳәм олардың хәр бири.
Көктеги Айға қонып, океанды гезип, Биз таярмыз Ўатан-ана Марсқа уш десениз (К.Султанов).
Шет елдеги баўырларға, досларға, Океан, теңизлерден асып бар (Ж.Аймурзаев).
Океанның аржағынан, алыстан, Шақырыўсыз келген кәўипли миймандай, ... (И.Юсупов).
Балықшыларға қолайлы шараят туўдырыў ушын океанның астынан атаўларды тартып алган, Маўы (Т.Қайыпбергенов).
Океан қы ўақта суўға толмайды, Арқа Муз океанын толтыражақпысаң? (М.Сейтниязов).
Океанда ылай суў менен тынық суўдың бир-бирине қосылмай турғанындай, драматург пенен режиссёр ҳеш ўақытта тил табысқан емес (М.Нызанов).