⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОЛ

Қарақалпақша

алм. 1. Сөйлесиўши менен тынлаўшыдан басқа биреў, бетлеў алмасығының үшинши бетиндеги алмасық. Ол үйине келсе Айшагүл отын майдалап атырған екен (Т.Қайыпбергенов). Ол сениң қәдиринди билмейди (К.Султанов). — Ҳе, ол Бегмурат деген заңғар таўыққан бурын турады (М.Нызанов). Ол қаяғына боларын билмей, ар-сар болады (М.Нызанов). 2. Сөйлеўшиден узақтағы адам ямаса нәрсени көрсету ушын қолланылатуғын силтеў алмасығы. Ол жерлер отлақлы болмағаны менен, бираз кәўипсиз, бийиктен бақлап турса отарға жақындаған қасқыр, порсық, сағал болса көзге түседи (К.Кәримов). — Ол киси бизден бир мүше киши. Қарақум шаўлығы, биз Бухара медресесин питкерип атырғанымызда ол киси барып қалған еди (Ш.Уснатдинов). 0 О дүнья, ол дүнья — дин. с. өлгеннен кейинги екинши дүнья. Сен ж едиң бир қозымды шыйқылдатып, аларман ол дүньяда ғыйқылдатып (Әжинияз). Ол дүньяда бул дүньяда абырайыңыз артады (Ж.Аймурзаев).