ОЛАЙ
Қарақалпақша
алм.
1. Бир заттың яки хәдийсениң орнына пайдаланылатуғын сөз.
Бирақ, олай болып шықпады (Ә.Шамуратов).
Олай деме, сен де халық ушын хызмет еттиң (Ө.Хожаниязов).
Әттең, олай болмай шықты (М.Нызанов).
Жулдызларың мегзер жайған тарыға, Қой қиялым, сен олай деп жорыма (Т.Мәтмуратов).
2. Солай, сол тәрепке.
Ол өз үйине барыў ушын олай қарап жүрмеўи керек (С.Хожаниязов).
Егер бул исиңизди күндиз қылғаныңызда олай-булай өткен мөминлер сизге рахмет айтқан болар еди (Т.Қайыпбергенов).