ОМЫРАЎ
Қарақалпақша
ат. 1. Көкирек, өңмен, көкирек алды.
Дәрьябай омыраўы менен қағып ийин тирескен адамларды кейин ығыстырды (Н.Бөрекешов).
Алма көз жилўадар келискен сыяқ, Саўрысы, омыраўы мүнәсип туяқ, Бармағы, жүрмеге келискен аяқ, Ат сайласаң турқын, тәни жасын көр (Қ.Ирманов).
Әсиресе, Оразбай аттың аяқларын, омыраўын жыллы суў менен жуўыўды тапсырды (Ә.Пахратдинов).
Омыраўы кең, узын нық аяқларына аўыр дойнақлар қуйып қойғандай (К.Кәримов).
2. Абырай, ҳүждан, жедел.
3. Батыр, ер.
0 Омыраўына алыў — дәкки бериў, қысым етиў, бежериў.
Алдындағы 300 малға ийе бола алмай деп, Көкшениң омыраўынан алып, ҳаса менен айландырып сарта-сарт сабап кетти (журналдан).
Омыраўдан көбик шашыў — терлеў, тершиў.
Бедеўдей қурықтан қашқан, омыраўдан көбик шашқан (И.Юсупов).
Мәжилис столына омыраў атсаңыз, Зал баладай қулақ түреди сизге (И.Юсупов).