⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАМАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Басқа тартылатын шаршы, орайпектиң кишиси. Қодырары менен басына орамалының шашағын жинап түйистирди (А.Бекимбетов). — Орамал әкелиңлер! Қара реңди жибек орамал әкелинди (К.Жәримов). 2. Бир нәрсени орайтын түйетин арнаўлы зат. Орамал түйди, қой сойды, Душпанлардың көзин ойды, Гүлзар деп қызға ат қойды, Ҳәммеси жиналған екен (Бердақ). Жатпаса қыршыланған жеринен тырнағы менен қурттай қопарып алады да, орамалына түйип алып кетеди (М.Нызанов). 3. Қол сүртиўге арналған кишкене шаршы. — Қабағын үйип, орамалы менен бетиниң терин сыпырып жиберди дағы маған қарай жекиринди (Ә.Шамуратов). Ол үйде отырған адамлардан ишки сырын жасырыўға ҳәрекет етти ҳәм костюмының қалтасынан аппақ орамалын алды (Т.Нәжимов). Туфлин ақ орамал менен сыпырып көреди (М.Нызанов).