⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Егинлерди отаў, түрли дәнли еғинлерди, жоңышқа, пишен ҳәм басқа да шөплерди орыў ушын исленген саплы, өткир тисли, бели иймек мийнет қуралы. Барсам ол кисиниң бир өзи орақ тисеп атыр екен (Г.Изимбетов). Әзелден жарлы болған соң орақты белге қыстырып жүре бергеним мақул екен (К.Султанов). Талай жумыс қалған еди писендей, Орақлар да өз ўақтында тиселмей (Т.Мәтмуратов). 2. Егин яки шөп орыў жумысы, талап, хызмет. Сентябрьдиң ортасы болды ма, орақ ўақты басланғаннан Мәтниязды ораққа жибердим (Ж.Аймурзаев). Ал, түнде тағы тынышлық жоқ, бийдай ораққа барасаң, таң атар-атпастан турып оны гүдш еклейсең (Ө.Хожаниязов).