⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ОРГАНИКАЛЫҚ

Қарақалпақша

кел. 1. өсимлик ҳәм хайўанларға, организмге тиисли; тири, жанды. Ең әҳмиеттиси, өсимликлер жасыл лаборатория болып, олар адам организминде органикалық затларды — белок, углевод ҳәм майларды синтезлеп берўи менен бирге, атмосферадағы оттегти жеткизип беруши бирден-бир дерек болып табылады (Х.Матжанова). 2. өсимликлердиң, адамзаттың ҳәм де хайўанлардың денесинен бөлинип шыққан яки олардың қалдығынан пайда болған. Аўыл шарўашылығы органикалық және минерал тыңайтқыштарын жетистируди барынша дамыту керек (О.Бердимуратов). Органикалық химия — химияның көмиртеги бирикпелерин, олардың әр қилы өзгеристерин үйренуши бөлими. 3. аўыс. Бир тутас, бөлинбейтин. Белги — дегенимиз еки тәреплеме психологиялық маңызды болып, олардың бири белгиленуши, ал екиншиси белгилеўши болып, өз ара байланысты органикалық ағымды билдиреди (М.Айымбетов).