ОРДА
Қарақалпақша
ат. 1. Жасаған жер, топланған орын, мекен, орай.
Зәҳәрли қастыян қара жыланның, Ордаларын бузып, ойран етермен (Әтеш).
2. Қара үй.
Ҳәр қалай сақлық үшин атлардан шығарылып тўарылған арбалар менен қоршалған Қутлыбек ордасы дөңгелекине зыяратшы аламан жинала берди (К.Кәримов).
0 Боз орда, ақ орда — барлық үскинлер менен безендирилип иеленген, тигилген қара үй.
Боз ордаға киргизип, мал семизин сойдырды («Алпамыс»).
Боз ордалар шайқалып Ашшыкөл аймағында, Сегиз айлаўдан, әне ат келди қаяқлардан (И.Юсупов).
Тоқсан баслы ақ орда үй сеники хәужар (ққ.х.қ.).
Алтын Орда — 1240-1502-жыллары ҳүким сүрген, әзирги Ресей, Украина, Молдова, Қазақстан хәм Кавказ жерлеринде орналасқан, негизинен моңғол ҳәм түрки көшпели әўимдери аўқамынан ибарат үлкен мемлекет.
Олардан бөлинген бир топтары Алтын Орданың шеңарағы ортасына түскеннен басқа еллерге қосылып, қазақ ортасындағысы қазақ, өзбек ортасындағысы өзбек, қарақалпақ ишиндегиси қарақалпақ болып, олардың бир уры