ОРНАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Дүзилиў, жасалыў.
Ғайратлы едим, Ҳүкимет орнамастан бурын жарлышылық зардабын көп тарттым.
Хәзир хүкимет орнағалы ол күнлер умыт болды, бурынғыдай зорлық-зомбылыққа жол жоқ ғой... (К.Султанов).
«Қайта курыў» үш-төрт жыл даўам етти, бизиң республикада «Шаш ал десе бас алатуғын» тәртип орнады (М.Нызанов).
2. Орналасыў, жайласыў.
Ал, сонда да маған сол ўак, Бир тилсимдей қалған орнап (К.Рахманов).
0 Жәҳәнге орнаў — ҳәмме жерде қурылыў, дүзилиў.
Дүньяда жоқ болсын өмирдиң жаўы, Бул бахыт жәҳәнге орнасын, дослар (Ж.Аймурзаев).
Халық санасына орнаў — саналы болыў, суўғарылыў.
Уллы жолда уллы гүрес.
Орнасын халық санасына (И.Юсупов).
Жүрегине орнатыў — жүрегине синисиў, синиў.
Бир түрли қуўаныш жүрегиме орнап қалғандай мен де жыллы шырай менен Алламбергенге қарадым (Ж.Аймурзаев).
Елинде қалдырып мүбәрек исмин, Халқының кеўлинде орнады кетти (Т.Мәтмуратов).
Әдиллик орнаў — дурыслық болыў, ҳақыйқатлық орнаў.
Демек, бизиң заманымыз еркинлик заманы, жәбир зулымлық көтерилген әдиллик орнаған заманы, соның ушын бизлер бахытлы (С.Мәжитов).
Төгетуғын көктеги күндей, Әдалатлық орнапты сондай.
(М.Сейтниязов).
Теңлик орнаў — әдиллик, ҳақыйқатлық орнаў.
Хан, патшаның барлығын жығып, Орнатыпты дүньяға теңлик (М.Сейтниязов).