ОҢЛЫ
Қарақалпақша
кел. Жөн, жақсы, дурыс.
Жаманға дос болсаңыз, Өткен иске қуўанып, Бир ис оңлы болмайды («Ер Зийўар»).
Қонақ қылып ҳеш күтпеди, Бир оңлы хызмет етпеди, Быламық еркин жетпеди, Жарманы аз салган екен (Бердақ).
— Қызым-аў, мен сениң оңлы болыўынды гөзлеймен (Ө.Хожанов).
Үстинде оңлы көйлеги де жоқ екен (М.Дәрибаев).
Негедур түни менен оңлы уйқылай алмады, жаздың қарыстай ақшамы оған дым созылып кеткендей болды, көзи сәл илиниўден әжептәўир түслер көрип, уйқысы шайдай ашылып кете берди (К.Рахманов).
Тилемис күни менен тыпыршыланып оңлы көзгир ала алмады (К.Султанов).