⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПАДА

Қарақалпақша

ат. Ҳайўанлардың көп болып жыйналып жүриўи, қара малларды бир жерге топлап бағылатуғын топары. Жети жыл жети ай болғанша, Аўыздың аўыр шәҳәринде, Барсакелмес елинде, Қобланың пада баға ма («Қоблан»). Жаңа жайлаў күтер жаңа падасын, Жаңа көллер күтер дүркин сонасын (И.Юсупов). 0 Пада-пада мал — топ-топ, топар-топар болып жүрген қара мал, көп қара мал. Сақыўлар аўызының пада-пада малын қора-қора қой-ешкисин жасаўыллар шаңлақты толтырып шаңғытып айдатты (К.Султанов).